Өзбекстан республикасының Ғәрезсизликке ерисиўи халқымыздың өмиринде улыўма тарийхый ўақыя болды. Кәдирли Президентимиз Ислам Каримовтың басшылығында, дуньялық тәжирийбеге ҳәм халқымыздың тарийхына және менталитетине суйенип, өзимизге тән өзимизге ылайық жолымызды белгилеп алдық. Бул хәр тәреплеме тийкарланған жолды журтбасымыз әдалатлы, адамгершиликли, кушли демократиялық, хуқықый мәмлекетти ҳәм пуқаралық жәмийетти қурыу жолы деп белгиледи. Миллий мәмлекетшилигимиз тикленип, Өзбекстан Республикасының халық аралық қатнасыклардың субъектине айналыўына еристик. Экономикалық салада елимиз табыслы турде социал бағдарланған базар экономикасына өтпекте. Ғәрезсизлик жылларында халқымыздың руўхый кәдириятлары кайта тикленбекте. Халқымыздың өзлигин аңлаўы ҳәм миллий мактаныш сезимлериниң қәлиплесиў процесси әмелге аспақта. Ғәрезсизлиқ ата бабаларымыз мын жыллар дауамында сыйынып қелген ислам диниңе илмий баха бериуге, оның жәмийетте тутқан орның дурыс тусиниуге, исламий қәдириятлардың елимизде жетик инсанларды тәрбиялауға жедел қатнасыўына жол ашты. Буны айрықша атап көрсетип Президентимиз былай деген еди: “Биз ата бабаларымыздың муқаддес дини болған ислам диниң қәдирлеймиз, хурмет етемиз, адамзат руухый дуньясында ийман исенимди, инсаный пазыйлетлерди бекемлеуде оның орны ҳәм тәсирин жоқары бахалаймыз”.