Өзбекстан Республикасы Президенти И.А.Каримов айтқандай: «Руўхый дүнья инсанға ана сүти, атаның үлгиси, бабаларымыздың ўәсияты менен бирге сиңеди. Ана тилиниң уллы әҳмийети соннан ибарат болып, ол руўхый дүнья белгиси сыпатында адамларды жақынластырып жәмлестиреди». Бул пикирде тилдиң адам өмириндеги, жәмийеттеги орны, оның атқаратуғын хызмети толық ашып берилген. Ҳақыйқатында да, тилсиз жәмийетлик турмыс тараўларының раўажланыўын, ондағы жетискенликлерди, топланған материаллық ҳәм руўхый байлықларды көз алдымызға келтириў қыйын. Сонлықтан ҳәр бир халық, миллет өз ана тилин терең үйрениўге, изертлеўге, тазалығын сақлаўға, оның раўажланыўы ушын үлес қосыўы миннетли ўазыйпаларының бири.