Жумсытың орынланыўы. 3 пробирканың ҳәр бирине 0,01 гр нан AIMK салынып, оларды 2 мл ден бутилметакрилаттан еритиледи. Екинши ҳәм үшинши пробиркаларға таннның 0,25 Ө ли спирттеги еритпесинен 0,05 ҳәм 0,1 мл қуйылады. (Қосылған ертиндиде ингибитордың салмағы 0,000125 ҳәм 0,00025 гр га тең). Кейин пробиркалардағы еритпелер жоқарыда айтылған усыллар тийкарында дилатометрлерге қуйылады. Берилген температурада полимерлелениў кинетикасын нәтийжелери тийкарында есаплар қылынады ҳәм таблицаға жазылады.