Ҳəзирги ўақытта итималлықлар теориясы менен математикалық статистиканың усыллары – барлық тəбияттаныў, экономикалық ҳəм техникалық илимлерге ғана емес, ал математикадан пүткиллей басқаша деп есапланатуғын тил илимине, педагогика менен психологияға, сондай-ақ социялогияға, археологияға ҳəм т.б. кирип, ортақ тил табысып, ишки қурылыс нызамлылықларын ашатуғын ең қажетли қуралға айланып келмекте.