Баскетбол жүдә қызықлы ҳәм көп қырлы ҳәрекетлерге бай ойын болып
табылады. Ойын ўақтында тезлик пенен алдыға шығыўлар, бирден қаптал
тәреплерге бурылып тоқтап қалыўлар, топты бир ҳалаттан басқа ҳалатқа
өткерип, тосаттан оны шеригине узатып жибериўлер, өзи тезлик пенен бос
орынға шығып және сол топты қақшып алып себетке ылақтырыў ямаса
қорғаныў тосықларына ушырап топты қайтарып бериўлер оған ғана тән
есапланады. Есап-сансыз секириўлер, щит астында ҳүжимде болып, оннан
шығып себетке топ таслаўлар оған ғана тийисли.