Оқыўшыларға эстетик сезим менен көркемликти қабыллаў қәбилетин асырыў, сиясий-идеялық, адамгершилик тарбиясын бериў, өнерге деген қызығыўшылығық пенен сүйиспеншилигин оятыў, дөретиўшилик ойлаў қәбилетлерин асырыў, сүўретлеў өнери пәниниң баслы ўазыйпасы.
Сабақ барысында ойын элементлери аралас тапсырмаларды қоллаў, сүўретлеў өнерин оқытыў барысында қолланылатуғын педагогикалық усылдың бири болып табылады. Оқыўшылардың дөретиўшилик қәбилетин арттырыўда сүўретлеў өнери пәниниң мүмкиншилиги шексиз. Бунда анық бир шешим болыў мүмкин емес, ҳәр оқыўшының белгили затты ямаса қублысты қалай қабылласа солай сүўретлеўге тырысады. Сонлықтан да, бир оқыўшының тапқан шешими екинши оқыўшының жумысына уқсамайды. Усы жағдай класстағы барлық оқыўшының сабаққа толық инта менен қатнасыўын таминлейди. Өйткени, талантсыз оқыўшы жоқ, ойын үсинде баланың дөретиўшилик қәбилетиниң, мүмкиншилиги толық ашылады. Баланың ойын мийнети үстинде өзин-өзи көрсетиўге умтылысы нызамлы қублыс