Тил билиминде сөзлик қурамның айрықша бир топары сыпатында танылатуғын фразеологизмлер ҳаққындағы машқала ертеден тил илимпазларының дыққатын өзине орынлы түрде аўдарып киятыр. Қайсы тилди алып қарасақ та оның сөзлик қурамында тек жеке сөзлер ғана емес, ал жеке сөзлердей пүтин мәнини аңлатыўшы бир неше сөзлерден қуралған сөз дизбеклери де белгили орынды ийелейди. Бул сөзлик қатлам номинациялық атама сыпатында танылатуғын басқа бирликлерден функциональлық хызмети, пайда болыўы ҳәм жасалыўы, дүзилиси, сондай-ақ сөйлеў айланысында қолланылыўы бойынша өзине тән өзгешеликлерге ҳәм айрықшалықларға ийе. Фразеологиялық сөз дизбеклери семантикалық жақтан да, эмоциональлық-экспрессивлик өткирлиги жағынан да тилдиң қаймағы, мағызы сыпатында танылыўы менен бир қатарда ҳәр қандай миллий тилдиң өзгеше лексикалық-семантикалық байлығы болып та көринеди