Оқыӯ-методикалық қолланба «Математикалық анализдиң таңламалы баплары» пәниниң
оқыӯ режеси тийкарында дүзилди. Бул қолланба жоқары билимлендириӯ системасының биринши
басқышы болған бакалавиат ушын Мәмлекетлик билимлендириӯ стандартының «Математика»
бағдарына сәйкес келеди ҳәм Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети математика
тәлим бағдары 4-курс талабалары ушын жазылған.
Оқыӯ-методикалық қолланба шекли вариацияға ийе функциялар, Стилтьес интегралы
теориясы элементлери, ортогонал функциялар системасы (тригонометриялық системалар, Лежандр
көпағзалылары) ҳәм Фурье қатарлары, сфералық функциялар түсиниклерин өз ишине алған.