Питкериў қәнигелик жумысында VPN (Virtual Private Network – виртуаль жеке тармақ) – логикалық тармақ болып, өзинен жоқарыдағы екинши тармақ, мәселен Internet тийкарында қурылады. Бул тармақта улыўма коммуникацияда қәўипсиз болмаған тармақ протоколларынан пайдаланылыўына қарамай, шифрлаўдан пайдаланған ҳалда, мағлыўмат алмасыўда бөтенлерге жабық болған каналларды пайда етеди. VPN кәрханалардың бир неше офислери арасында қадағаланбайтуғын каналлардан пайдаланған ҳалда жалғыз тармаққа бирлестириў имканиятын береди.