Ӛткир жуқпалы кеселликлердиң келип шығыў себеплерин үйрениў Орта
Азия еллеринде ерте дәўирлерден-ақ басланған. Буннан мың жыллар алдын
жуқпалы кеселликлердиң келип шығыўын,оның тийкарғы себеплерин Абу Али
Ибн Сино (980-1034жж) ӛзи жасаған дәўирлерде үйренип ӛзиниң «медецина
нызамлығы» деген мийнетинде жуқпалы кеселликлерге кеңнен тоқтап ӛтеди.