Бул оқыў қолланба жоқары оқыў орынлары ушын арналып, бағдарламаға муўапық түрде жазылған. Сондай-ақ, қолланба көп жыллық мийнетлердиң нəтийжелери ҳəмде бир қатар оқыўлықлардан пайдаланған ҳалда мағлыўматлар киргизилген. Бул курсты оқытыўдан мақсет тəбийий пəнлер идеясы тийкарында тəбият, қоршаған орталық, тири организмлер дүньясы ҳəм əлемниң бир пүтин, ҳəмде бир-бири менен тығыз байланыста екенлигин көрсетиўден ибарат. Оқыў қолланбадан Жоқары оқыў орынлары бакалавр қəнигеликлери, Кəсип өнер колледж студентлери, мектеп муғаллимлери пайдаланыў мүмкин.