«Кəсип тəлими методикасы» пəни талабалардың педагогика, психология, улыўма кəсиплик ҳəмде арнаўлы пəнлерден алған билим ҳəм көнликпелерин əмелиятқа енгизиў, кəсип-өнер көлледжлеринде улыўма кəсиплик ҳəм арнаўлы пəнлер бойынша сабақ бериўдиң шəрт-шараятлары, шөлкемлестириў методлары, сондай-ақ, оларға тəн режелестириўши ҳүжжжетлер мазмуны менен таныстырыўшы, оларды таярлаўды үйретиўши пəн болып есапланады.