Пəн ҳəм техниканың заманагөй раўажланыў тенденциясы компьютер, Интернет ҳəм мультимедиа қурылмаларынан ҳəр тəреплеме пайдаланыўды нəзерде тутады. Өзбекстан Республикасында ақырғы жылларда компьютерлестириў ҳəм информатизациялаў ҳаққындағы қабыл қылынған нызамлар улыўма билим бериў мектеплеринен баслап жоқары оқыў орынларына шекем компьютер илимин өзлестириўди нəзерде тутады. Ҳəзирги күнде өзиниң күнделик əмелиятында компьютер ҳəм бағдарламалық тəмийинлениў, ҳəмде мəселелер шешиўде алгоритмлестириў технологиясы жəрдеминде дəстүрлестириўден пайдаланбайтуғын қəнигени көз алдымызға келтириў қыйын.