Инсан факторы, оның ҳақ-ҳуқықларын қорғаў ең тийкарғы раўажланыў критерийси сыпатында белгилениўши мәмлекетимизде бүгинги күнде барлық тараўда болғаны сыяқлы пуқаралардың мийнет етиў, еркин кәсип таңлаў, әдалатлы мийнет шәраятларында жумыс ислеў сыяқлы конституциялық норма менен белгиленген тийкарғы социал-экономикалық ҳуқықларын тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылмақта.
Ҳақыйқатында да, инсан ҳақ-ҳуқықлары ҳәм мәплериниң ең көп әмелге асырылатуғын жәмийетлик турмыс саласы бул мийнет етиў ҳуқықының әмелге асырылыўы менен байланыслы болған қатнасықлардан ибарат болып есапланады. Өзбекстан Республикасы Конституциясының 37-статьясында мийнет етиў ҳуқықы ең әҳмийетли социаллық-экономикалық ҳуқық сыпатында кепиллестирилгенлиги де тосыннан емес