Феноллар деп аромат халқада гидроксил топарларды тутуыўшы
углеводород туўындыларына айтылады. Гидроксотопардың санына қарай
бир-, еки-, үш- феноллар бөлинеди. Биринши ҳәм екинши топар феноллары
кең спектрли фармакологиялық тәсирге ийе.
Олардың басым копшилиги тәбиий антиоксидантлар сыпатында
қаралады. Олар көплеген өсимликлерде ушырасады. Полифеноллардың
басым көпшилиги жүзимде ҳәм чай өсимлигинде көп болады.