Тәбиий дубил затлары бир неше компонент бирикпелерден қуралып,
олардың қурамындағы тийкарғы химиялық бирикпелер проантоцианидин
бирикпелердиң олигомер ҳәм полимер флаванлар ямаса флаван 3-оллар
болып табылады. Проантоцианидин бирикпелери бир неше мономер
катехинлер ямаса флаван 3-оллардың бир бири менен А халқасындағы С-4
углерод атомы менен В халқасындағы С-6 углерод атомы менен углерод-
углеродлық байланыс пенен байланысқан олигомер ямаса полимер
бирикпелер болып табылады. Дубил затлардың бирден-бир әҳмийетли
тәрепи, олардың шийки терини былғаў қәбилети болып табылады.