Жадидлердиң ағартыўшылық ҳəрекети

Жадидлердиң ағартыўшылық ҳəрекети
Daraja:
Oliy ta`lim
Yo'nalish:
Ilmiy-ta`limiy
Turi:
Metodik qo`llanma
Nashr etilgan yili:
2011
Til:
Qoraqalpoq tilida
Yaratilan vaqti:
2021-04-15 13:22:41
Өзбекстан халықларының өтмиш тарийхына нəзер салатуғын болсақ, бул үлке халықлары оғада бай руўхый, тарийхый, мəдений мийрасқа ийе халықлардан болып есапланады. Бугинги Өзбекстан Республикасының барлық тараўларында бизлердиң көз алдымызда ҳəм өзлеримиздиң тиккелей қатнасыўымызда үлкен унамлы өзгерислер жүз бермекте. Ғəрезсизлик шарапаты менен республика ден-саўлықты саклаў, билимлендириў, экономика ҳəм тағы басқа да тараўларда қайта қарап шығыўлар, қайта ой жүритиўлер даўам етип, жаңадан-жаңа дəстүрлер, нызамлар қабыл етилмекте. Мəмлекетимиз президенти И. А. Каримов 1993-жыл 28-сентябрь, Б.М.Ш ның 48- сессиясында жасаған баянатында, Өзбекстанды дүньяға ең əййемги ҳəм ең жас мəмлекет сыпатында танытты . Өзбекстан халқы өзиниң бир неше мың жыллық тарийхына ийе. Үлкемиз халықлары өз өмирлери даўамында, ҳəр қыйлы мəмлекетлердиң қол астында өмир сүрди ҳəм барлық ўақытта басқыншыларға карсы миллий азатлық гүреслерин жүргизип келди.Үлкемиз халықлары б.э.ш ги IV əсирде А. Макендонскийдиң жаўлап алыўшылығын бастан кеширген болса, эрамыздың VIII əсиринде ямаса 705-715- жыллар аралығында Кутейба ибн Муслим басшылығындағы Араб жаўлап алыўшылығын, XIII əсирде Шынғысхан басшылығындағы монголлар жаўлап алыўшылығын бастан кеширди. XIX əсирдиң 60-80-жылларында Түркстан үлкеси Россия империясының колониясына айландырылды. Бул жаўлап алыўшылар тек ғана үлкемиздеги сиясий ҳəкимиятты ғана ийелеп алыўға еристи, халқымыз өзлериниң үрип-əдет дəстүрлерин, миллий қəдириятларын əўладтан-əўладқа жеткерип бүгинги күнге шекем сақлап келди.

Дабавлено : 2021-04-15 13:22:41

Этот категорий

Ўзбекистонда демократик жамият қуриш назарияси ва амалиёти

Бухгалтерский учет и аудит

Қарақалпақ тилинде теңлес еки компонентли фразеологизмлер oқыў - методикалық қолланба

Ижтимоий-маданий фаолиятда сценарийчилик

Озиқ-овқат маҳсулотлари технологияси

Новый

Жиззах вилоятида туристик дестинацияларни ташкил этишнинг ҳудудий жиҳатлари

Таълим муассасаси раҳбарининг бошқарув фаолиятида соғлом ва ижодий муҳитни яратиш механизмларини такомиллаштириш

Ишлаб чиқариш таълими усталарининг касбий компетентлигини ривожлантириш

Eliptik qismi yuqori tartibli bo`lgan kasr tartibli xususiy hosilali differensial tenglamalar uchun to`g`ri va teskari masalalar

Саноат корхоналари ривожланишининг инновацион стратегияларини такомиллаштириш