Электронлар металлдың ишинде усланып турылады, демек бетлерине жақын жерлерде
электронларға тəсир етиўши ҳəм металл ишине қарай бағытланған күшлер болады, яғный
металлдың сыртқы бетине электр майданы бар болады.Бөлме температурасында металдың ишиндеги жүдə аз сандағы электронлардың ғана
сыртқа шығып кетиўине жеткиликли болған кинетикалық энергиясы болады.
Температураның артыўы менен тезлиги жоқары болған, металлдың бетинен шығып
кететуғын электронлардың саны артады. Жеткиликли дəрежеде жорқары болған
температураларда металлдан электронлардың ушып шығыўы көп болады. Бул қубылыс
термоэлектронлы эмиссия деп аталады. Бул қубылыс электрон лампалардың ислеўиниң
тийкары болып есапланады. Еки электродтан туратуғын əпиўайы электронлы лампаның
дүзилиси 1а-сүўретте көрсетилген. Ишиндеги ҳаўасы сорып алынған ҳəм басымы 10-
8мм.сын.бағ. да болған шийше баллонға еки металл электрод киргизилген катод К
жиңишке сым формасында, ал анод А əдетте цилиндр формасында болады. Еки электрдлы
шыра диод деп аталады.
1-сүўрет