Термо-электр қозғаўшы күш Термопараны градуировкалаў

 Термо-электр қозғаўшы күш Термопараны градуировкалаў
Daraja:
Oliy ta`lim
Turi:
Laboratoriya ishi
Nashr etilgan yili:
2010
Til:
Qozoq tilida
Yaratilgan vaqti:
2021-04-15 03:28:18
Жумыстың мақсети: Термопараның ислеў принципин үйрениў, оның қолланылыўы ҳəм оны градуировкалаў. Жумыстың мақсети: Термопараның ислеў принципин үйрениў, оның қолланылыўы ҳəм оны градуировкалаў. Ҳəзирги ўақытлары термопараны өлшеў ушын термометрлик параметрлер ретинде ҳəр қыйлы жуп өткизгишлер менен ярым өткизгишлердиң термо э.қ.к. кең қолланылады. Суйықлық көлеминиң температураға байланыслы өзгерисине тийкарланған термометрлерден басқа термопаралар, қарсылық термометрлеринде қолланылып атыр. Термопараларды пайдаланыўдың муўапықлылығы менен температураны дəл ҳəм тез өлшеў мүмкиншилигинде болып есапланады. Егерде еки ҳəр қыйлы металл сымлардың ушларын кепсерлеп бириктирсек ҳəм бириккен областын қыздырсақ, онда бул жерде контактлы потенциаллар айырмасы пайда болады, мине усы əсбап термопара деп аталады. Еки ҳəр қыйлы металл сымның бириккен областында не ушын контактлы потенциаллар айырмасы пайда болады, соны қарайық. Еркин электронлардың тығызлығы ҳəм электрон менен кристалл торы арасындағы байланысыўшы күшлер ҳəр қыйлы металлар ушын ҳəр қыйлы болады. Ҳəр қыйлы өткизгиш бир-бирине тийдирилгенде бир металлдың екинши металлға электронлардың диффузиясы басланады. Бул өткизгишлердеги электронлардың концентрациялары тең болмағанлықтан (n1 > n2) диффузияланыўшы ағымда ҳəр қыйлы болады. Соның нəтийжесинде бир өткизгиш оң зарядланады, ал екиншиси терис зарядланады, яғный өткизгишлер шегарасында потенциаллар айырмасы пайда болады. Усы потенциаллар айырмасы тəсири нəтийжесинде электронлардың диффузиясы тоқтайды, бир өткизгиштен екиншисине ҳəм керисинше өтип атырған электронлар арасында қозғалмалы теңсалмақлық пайда болады, ал өткизгишлер арасында контактли потенциаллар айырмасы пайда болады.

Дабавлено : 2021-04-15 03:28:18

Этот категорий

Pythonda matematik hisoblashlarni dasturlash

Nazariy mexanika

Nazariy mexanika

Fundamentals of scientific research and innovation

Oila tibbiyoti

Новый

Жиззах вилоятида туристик дестинацияларни ташкил этишнинг ҳудудий жиҳатлари

Таълим муассасаси раҳбарининг бошқарув фаолиятида соғлом ва ижодий муҳитни яратиш механизмларини такомиллаштириш

Ишлаб чиқариш таълими усталарининг касбий компетентлигини ривожлантириш

Eliptik qismi yuqori tartibli bo`lgan kasr tartibli xususiy hosilali differensial tenglamalar uchun to`g`ri va teskari masalalar

Саноат корхоналари ривожланишининг инновацион стратегияларини такомиллаштириш