Қолланба тастыйқланған оқыў бағдарламасы бойынша дүзилген болып
жоқары оқыў орынларының гуманитар ҳəм филология факультетлери
бакалавр басқышы студентлери ушын арналған. Қолланба ҳəзирги араб
əдебий тили материалында таярланған. Бул оқыў қолланбада араб тилиниң
сеслик составы, араб жазыўы ҳаққында мағлыўматлар берилди. Сондай ақ
араб тилиниң грамматикасы бойынша басланғыш мағлыўматлар алыўға
болады. Оқытылған материалларды беккемлеў ушын ҳəр бир сабақта
шынығыўлар берилген. Усы оқыў қолланбаны жаратыўда белгили русс ҳəм
өзбек шығыстаныўшылары В.С.Сегаль, Б.З.Халидов, О.Б.Фролова,
Э.Талабов, Н.Ибраҳимов ҳ.т.б. мийнетлеринен пайдаланылды. Қолланба
жоқары оқыў орны талабаларына арналғаны менен оннан араб жазыўын ҳəм
тилин үйрениўди қəлеўши кең жəмийетшилик те пайдаланыўы мүмкин.