Мийнеткеш халық өзиниң үн-көрис тиришилигин мийнети етиў процесерин өзлериниң қосықларында да баян еткен. Әсиресе дийханшылыққа байланыслы қос айдаў, жап қазыў, төгин төгиў, арпа-жазлық, егиў, түйек айдаў, қырман алыў ҳәм т.б. да мийнетке байланыслы тәжирийбелерин жаслардың өрнек алыўын мақсет етип нәсиятлаған.
Айырым халық қосықларында мийнеткеш адамлардың көа ислеп аз ҳақы алатуғыны сөз етилип, жасларды социаллық теңсиликти түсиниўге, әдиллик, өз азатлығы ушын гүресиўге шақырды