Бул оқыў-методикалық қол ланба халықаралық (ғалаба) ҳуқық пәниниң тийисли дәстүри бойынша таярланған. Қолланбада ҳәзирги заман халықаралық ҳуқықтың пайда болыўы, раўажланыўы, оның тийкарғы Түсиниклери, принциплери, институтлары ҳәм тараўларының әҳмийетли мәсел елери сәўлеленген.
Оқыў-методикалық қолланба жоқары ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларының ҳуқықтаныў бакалавр тәлим бағдары студентлери, магистрантлар, аспирантлар,
оқытыўшылар ҳәмде халықаралық (ғалаба) ҳуқық пенен қызығыўшыларға арналған.