Бүгинги күнде “Информация” түсиниги жүдә кең ҳәм ҳәр тәреплемели сыпатларына ийе. Ол қатнаспайтуғын, ол ҳаққында
айтылмайтуғын билим тараўын табыўдың ӛзи мүмкин емес. Жүдә үлкен кӛлемде информациялар майданы, бүгинги күнде ҳақыйқаттан да
адамларды беккем орап алған десек болады. XXI әсир информацияның теориялық ҳәм әмелий әҳмийетин ҳәзирги күнниң кӛз-қарасынан алып
қарағанда ең бийик шоққыға кӛтерди. Соның ушын да XXI әсирди информация әсири, информациялық-технологиялар әсири деп атамақта.