Қолымыздағы Өлшеў əмелияты бойынша методикалық қолланба əҳмийетли
мəселеге архитектуралық естеликлерди үйрениўде зəрүрли болған, өлшеў
сызылмаларын орынлаў, безеў үлгилерин дүзиў сыяқлы əмелий жумысларға жол жоба
бериўге арналған.
Архитектуралық естеликлердиң реконструкция жумысларын жойбарлаў бойынша
таңлап алынған темалар ушын көп жағдайларда өлшеў əмелияты дəўиринде топланған
билим ҳəм көнликпелер жəрдем береди