Физика илиминде, соның ишинде әсиресе конденсацияланған ҳаллар
физикасында моделлик объектлерди изертлеў, усындай объектлерди изертлеў
барысында алынған ямаса келтирилип шығарылған нызамлықларды басқа түрдеги
объектлерге улыўмаластырыў барлық ўақытларда ең әҳмийетли мәселелердиң
бири болып есапланбақта.