Өткен 2011-жыл ҳəм мəмлекетимиз экономикалық турмысының түрлитараўларында жаңа жетискенлик ҳəм нəтийжелерге жүдə бай болды. Президентимиз И.А.Каримов 2012-жылдың 19-январында Өзбекстон Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жылдың тийкарғы ҳəм 2012-жылда Өзбекстанды социал-
экономикалық раўажландырыўдың əҳмийетли бағдарларына арналған мəжилисинде өткен жыл нəтийжелерине ҳəр тəреплеме тоқталып, усы жыл ўазыйпаларын анық-рəўшан белгилеп берди.