Усы қолланба илимий изертлеў жумысларын таярлаў ҳəм жақлаў методологиясына бағышланған. Қолланбада тийкарғы дыққат илимий дөретиўшилик методологиясы түсиниги ҳəм дүзилиси, илим жəне дөретиўшилик, илимий изертлеўдиң методологиялық принциплери, илимий изертлеўдиң басқышлары, илимий мəлимлеме излеў ҳəм талқылаў, илимий изертлеўлердиң жəрияланыўы жəне нəтийжеси, изертлеўдиң қол жазбасы үстинде ислеў методикасы ҳəм басқа да илимий жумыс пенен байланыслы темаларға қаратылған