Президентимиз И.А.Каримов 2012-жылдың 19-январында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2011-жылдың тийкарғы ҳəм 2012-жылда Өзбекстанды социал-экономикалық раўажландырыўдың əҳмийетли бағдарларына арналған мəжилисинде өткен жыл нəтийжелерине ҳəр тəреплеме тоқталып, усы жыл азыйпаларын анық-рəўшан белгилеп берди.