Фонетиканың изертлеў объекти.
Жәмийетте ең зәрүрли ҳәм оғада әҳмийетли хызметти - адамлар ортасында қарым-қатнас жасаў қуралы ўазыйпасын атқаратуғын тил сеслерден қуралады. Тилдиң өмир сүриўи, жасаўы сеслер арқалы болатуғынлығы, ойлаўымыздың тиккелей шынлыққа айланыўы тил арқалы, тил сеслери арқалы иске асатуғынлығы илимпазлар тәрепинен толық дәлийлленген еди. Тилдиң усы сеслик тәрепи ҳәм сеслерге байланыслы болған түрли қубылыслар тил билиминиң фонетика тараўында изертленеди. Тилдеги сеслердиң жасалыўын ҳәм еситилиўин, сеслердиң қурылысын, түрли сеслик нызамларды (сингармонизм, сеслердиң алмасыўы, қысқарыўы, түсип қалыўы ҳәм т.б.), тилдиң буўын қурылысын, пәт нормасын, интонациясын фонетика илими изертлейди. Сондай-ақ сөзлердиң дурыс айтылыўы ҳәм жазылыў қәделери де фонетикаға байланыслы мәселелер болып саналады.