Жуп келбетликлер предметлердиң түр-түсин, формасын ҳәм т.б. белгилерин ҳәр тәреплеме күшейтип көрсетеди. Мәселен, рең, түр-түс: ақ-қара, қызыллы-жасыллы; дәм, маза: ашшы-душшы, шийрин-шекер; предметтиң формасын, көлемин ямаса жай-жағдайын: жуўан-жиңишке, арық-семиз, аман-есен, аш-жалаңаш, майда-шүйде, узынлы-қысқалы, уллы-киши, саў-саламат, аш-арық ҳәм т.б.