Мəдений өсимликлердиң келип шығыўының Орта Азиялық дереги генефондтың бай ғəзийнеханасы есапланады. Бул дерек - көплеген егислик түрлер (мийўели, ғозамийўели, от-жемлик ҳəм т.б.)диң ўатаны. Оның флорасында эндемикалық ҳəм сийрек түрлер-мəдений егинлердиң жабайы туқымласларының түрлери бар, оларды келешекте селекцияда пайдаланыў ушын сақлаў зəрүр.