Қарақалпақ нағысшылық өнери шынығыўлары талабаларда руўхый- ағартыўшылықтың ажыралмас бөлими есапланған көркем әмелий өнерди ҳәм әдеп икрамлылықты раўажландырыўға хызмет қылады. Халық дөретпеси бала тәрбиясында үлкен орынды ийелейди. Келешек әўладты көркем өнер сезимталлығы жағынан бай өзиниң пикирин еркин айта алатуғын, билимли мийнет сүйгиш етип тәрбиялаўда халық өнерментшилиги әҳмийетли орынды тутады.