Ҳәзирги заман коллоид химиясының тийкарғы мәселелерин шешиўде, коллоид – химиялық нызамлықларды үйренип, қәниге көз алдында дисперс системалар ҳаққында түсиниклер келеди. Коллоид химия курсы дисперс системалар ҳәм сырт қабатда жүзеге келетуғын ҳәдийселердиң физикалық-химиясына тийисли пән болып, студентлерди затлардың дисперс системалардағы сыртқы қәсийетлериниң өзине тән нызамлары ҳаққындағы тәлиймат пенен таныстырады.