Өзбек халқының арзыў-əрманы жүзеге асып өзиниң Ғəрезсизлигин
қабыл етти. Ғəрезсизлик шарапаты менен оның бай мəдений өтмишин
үйрениў, Ўатан тарийхының тереңирек ҳəм изшил меңгериў ҳəм баҳалы
жуўмақлар шығарыў айрықша əҳмийетке ийе болмақта. Президентимиз
И.А.Каримовтың тарийхқа нəзер аўдарар екенбиз, бул халық өтмиши бар
екенлигин умытпаўымыз керек. Өтмишсиз жетик инсан болмайтуғынындай,
өз тарийхын билмеген инсанның келешеги де болмайды деген сөзлер, дəл
ҳақыйқат. Өзбекстан тарийхы өзиниң терең мəдений ҳəм руўхый мийрасына
ийе. Бизиң тарийхымыз Иран, Индия, Қытай мəмлекетлери тарийхы менен
бир қатарда турады