Оқыў-методикалық қолланбада волонтёрлықтың пайда болыў тарийхы, мазмуны ҳәм ўазыйпалары ҳаққында кең турде тусиник бериледи. Сондай-ақ, елимизде волонтёрлық ҳәрекети менен байланыслы қубылысларға тоқталыў менен бирге, мәмлекетлик емес коммерциалық емес шөлкемлер тәрепинен алып барылып атырған жумыслар ҳаққында да сөз етиледи. Оқыў-методикалық қолланба академиялық лицей, коллеж оқыўшыларына, жоқары оқыў орны студентлерине, билимлендириў тараўы хизметкерлерине, мәкеме, шөлкем басшыларына ҳәм жәмийетлик, сиясий, ҳуқықый тараў белсендилерине арналады.